avatar
Куч
0.00
Рейтинг
+1.60

Саламат Юлдашевич Авезов

Мақолалар

Дослықты беккемлеген инсан

Жамият
“Қарақалпақ халқы ески ҳәмде бай тарийхқа ийе.
Оның миллий мәденияты, көркем өнери, әдебияты, үрип-әдетлери дүньяға мәлим”.
И. Кәримов.
(Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң нәўбеттен тысқары сессиясындағы баянаты, 1997 жылы, 17-июль)

Қаҳарманның қаҳарманлық ислери яғный биринши Президентимиз Ислам Кәримов ҳаққындағы естеликлер

Жамият
Келешек әўладлар алысар ядқа,
Тәңирим ҳақ нийет нәзерин салғай.
Сиз ҳәм бизден бул ертеңги әўладқа,
Азат ҳәмде абат бир Ўатан қалғай.

(И. Юсуповтиң И. Кәримовқа бағышлаўы)
 
Бүгин арзыўым әрман, тап аспан жерге үзилип түскендей. Усы гезге шекем ҳеш кимге айтпай, кеўлине муқыятлап сақлап келген нийетиң ҳәп замматта әрманға айланса, дүнья көзине қараңғы көринер екен. Ес-ақылымды жыйып, жазыў-сызыўға қолым ийкемге келген ўақытта-ақ басланған бул арзыў тап бүгинге шекем мениң жолдасым еди. Аўа, мен оған ерисиўиме беккем исенер-де едим, әттең сум әжел оны арамыздан ертерек алып кетти…